Әҳмийетли тараўлардан бири есапланған пиллешилик жылдан-жылға раўажланып, мәмлекетимиздиң экономикалық жақтан раўажланыўында үлеси артып бармақта. Бүгин, Нөкис районы ҳәкиминиӊ орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Гуласен Уббиева пилле жетистирип атырған хожалықлардан барып хабар алды. Быйылғы жылда Нөкис районлылар жумысты үйде бөлип алып ислеўши пиллекешлер тәрепинен мол қырман жаратыў ушын 32 қуты жипек қурты, жумысты 20 үйде бөлип ислеўши пиллекешлерге берилди. Усы тийкарда 2 тонна пилле жетистириў режелестирилген.
Жипек қурты бағыў ҳәм пилле жетистириў мәўсими аўызбиршилик пенен өткерилмекте




