Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң сексен алтыншы сессиясы болып өтти

Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен алтыншы сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды.

Биринши мәселе «Сайҳунабат тәжирийбеси» тийкарында халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша Нөкис районы аймағында секторлар тәрепинен 2024-жылдыӊ биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша сектор басшыларыныӊ есабатлеры тыӊланды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content