2025-2026-жылларда Өзбекстанда халықты дизимге алыў илажы өткерилиўи режелестирилмекте. Бул ҳаққында 2024-жыл 4-март күни Президент қарарының қосымшасында белгилеп қойылған. Президент Қарары менен тастыйықланған рәсмий статистика саласында реформаларды тереңлестириў бойынша жол картасында Президент жанындағы Статистика агентлигине 2025−2026-жылларда халықты дизимге алыў илажын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүклетилген. Жол картасында 2024-жыл даўамында агентлик халықты дизимге алыўды өткериўге таярлық жумысларын даўам еттириўи белгиленген. Атап айтқанда : Халықты дизимге алыўды кең жәмийетшиликтопарына түсиндириў бойынша үгит-нәсият жумысларында пайдаланыў ушын видеоролик, баннер, флайер ҳәм буклетлар таярлаў ; 2021-жылда өткерилген сынақ нәтийжелери ҳәм халық аралық експертлердиң усыныслары тийкарында халықты дизимге алыў сораў форма-бламкаларын және де жетилистириў; халық аралық тәжирийбе ҳәм експертлер усыныслары тийкарында «Халықты дизимге алыў» информациялық системасын жетилистириў; «СТАТА» әмелий дәстүрий пакети лицензиясын сатып алыў ҳәм дизимге алыў нәтийжелеришығыўшы кестеүлгилерин қәлиплестириў; халықты дизимге алыўдың шөлкемлестириў режесин ислеп шығыў ўазыйпаларын әмелге асырыў белгиленген.
Өзбекстанда халықты дизимге алыў илажы 2025 — 2026-жылларда өткерилиўи режелестирилмекте




