Нөкис районы ҳәкимлигинде мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде баспасөз конференциясы болып өтти.
Оған район ҳәкими З.Зайтов, ҳәким жәрдемшилери , ғалаба хабар қура ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында район ҳәкими тәрепинен түсиндирў жумыслар алып барылды.
Соңында ғалаба хабар қураллары сораўларына жуўаплар берилди.




