Бәршемизге белгили алды менен инсан оннан соң жәмийет ҳәм мәмлекет деген идеяны тийкарғы нызамларымызда ҳәм нызамшылықларда күнделик ѳмиримизге беккем сиңдириўимиз лазым.
«Инсан қәдири ҳәм мәплери ушын» идеясынан келип шығатуғын, реформаларымыздың бас бағдары болған «Инсан-жәмийет ҳәм мәмлекет» мазмунларын нызамшылықларымызда беккем сиңдирилген. Бул дегени, әмелге асырылып атырған барлық реформаларымыз орайында инсан қәдири ҳәм мәплери ушын жедделлестириўге қаратылған беккем идея ѳз кѳринисин тапқан болыўы керек.
Себеби, кѳпшилик илмий ҳәм руўхыйлық әдебиятларында ҳәм, инсан – теңсиз мўжиза сыпатында кѳтермеленип келинбекте.
Соның ушын ҳәм бүгинги күнде жәҳәнде инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерине, бул түсиниклер менен байланыслы салыстырыў ҳәм стандартларға биринши дәрежели әҳмийет берилмекте. Сол себепли инсан қәдири ҳәм мәплерин раўажландырыў мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының конституциялық парызы ҳәм баслы ўазыйпалары болыў тийис. Бул болса тийкарғы Нызамымзда анық ѳз кѳринисин тапқан.
Нѳкис районлараралық судының судьясы К.Р.Бабаназаров.