Жыныслар теңлигине ерисиў ҳәмде ҳал-қызлардың имканиятларын кеңейтиў -бул дўуиримиздиң тамамланбаған ўазыйпасы ҳәм бүгинги күнде инсан ҳуқықлары бойынша дүньядағы ең баслы ўазыйпалапрдан бири болып есапланады. Бүгинги күнде гендер парадигмасы жәмийет ѳмириниң айрықша қурамалы бѳлимлеринен бири есапланады. ХХI әсир ҳаяллардың жәмийеттеги орны, олардың роли ҳәм миссиясын баҳалаўда бурулыс жасады. Тарийхтан ҳаяллардың ўазыпасы деп есапланған шаңарақтың даўамшысы, шаңарақ қорықшысы есапланған сыяқлы неке ҳәм шаңарақ жәмийет институтлардың фундаментал тийкарлары менен бир қатарда жәмийет ѳмириниң актив қатнасыўшысы сыяқлы статусы беккемленди. Бүгин ҳалықаралық жәмийет 50 пайызын ҳаяллар қураўшы инсаният жәийетлеринде еркек ҳәм ҳаяллардың гендер теңлиги принципин илгери сүреди.
Өзбекстан Республикасында ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўда 2019 жылы 3-сентябрь куни «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи ең әҳемийтли қәдем болды. Усы нызам менен зорлық, жынысый зорлық, физикалық зорлық, экономикалық зорлық, руўхый зорлық түсиниклерине түсиндирмелер берилди.
Зорлық- бул бир шахыстың екинши бир шахысқа қарата қастан физикалық, руўхый, жынысый ямаса экономикалық тәсир өткериў ямаса бундай тәсир өткериў шараларын қоллаў менен қорқытыў арқалы оның мири, ден-саўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм оның назым менен қорғалатуғын басқа да ҳуқық ҳәм еркинликлерине қәўип туўдыратуғын нызамға қайшы ҳәрекет, ҳәрекетсизлик болып есапланады.
Бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған ямаса оларға қарата зорлық ислеген шахсқа ямаса шахслар топарына қарата усы нызамда белгиленген тәсир шарасын қолланыўға себеп болыўшы ҳүжжет, бул ҳүжжетти бериў тәртиплери еңгизилди. [ОКОЗ:
1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.06.00.00 Инсон ва фуқаронинг ҳуқуқлари, эркинликлари ва бурчлари / 01.06.09.00 Алоҳида тоифадаги фуқароларни (аёллар, болалар ва бошқалар) ҳуқуқий ҳолатини ўзига хос хусусиятлари]
[ТСЗ:
1.Ижтимоий-маданий масалалар / Ижтимоий суғурта, ижтимоий таъминот ва ижтимоий ҳимоя;
2.Одил судлов. Ҳуқуқ-тартиботни муҳофаза қилиш. Адлия / Маъмурий жавобгарлик]
[ОКОЗ:
1.02.00.00.00 Давлат бошқаруви асослари / 02.08.00.00 Иқтисодиёт, ижтимоий-маданий қурилиш соҳасидаги давлат бошқарувининг умумий масалалари / 02.08.07.00 Ҳисоб. Ҳисобот. Статистика (шунингдек, 07.29.00.00 га қаранг)]
Гендер теңлик бойынша институционаллық ис-иләжларға келетин болсақ, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қурамында ҳаяллар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кемситиўдиң ҳәр қандай формасын сапластырыў бойынша миллий нызамшылықты ҳалық аралық стандартларды муўапықластырыў менен шуғылланыўшы ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети шөлкемлестирилди.
Буннан басқа, зорлықтан жәбир көрген шахсларды реабилитация етиў ҳәм адаптация, өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын-алыў Республикалық орайы, Ҳаял қызлар исбилерменлик орайлары шөлкемлестрилди.
Соңғы жылларда гендер теңлигин тәмийинлеў мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди ҳәм бул мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықлары тараўындағы жедел қәдемлериниң бири болды.
Гендер теңлигине ерисиўде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин күшейтириў, шаңарақ институтуын беккемлеў камил инсанды тәрбиялаў ҳәм жәмийет раўажланыўыңың гиреўи есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы
ҳакимшилик суды судьясы Р.Худайберганова