Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң тоқсан үшинши сессиясы болып өтти

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги тоқсан үшинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе 2024-жыл сентябрь айы даўамында Нөкис районы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтың есабаты тыңланды.

Екинши мәселе Нөкис районында жайласқан фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының жер майданларын мониторинг тәртипте үйрениў нәтийжелери бойынша Нөкис районы ҳәкими орынбасары И.Отеповтың мәлимлемеси еситилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content