Бүгин, Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 17-санлы мектептиң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 30-сентябрь күнги “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларда ислерди көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы Нызамының мазмун-мәниси ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылды.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы К.Кыпшакбаев, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.
“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларда ислерди көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 30-сентябрь күнги ӨРН-968-санлы Нызамы қабыл етилгенлиги, бул нызамға көре, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуал кодекси, Экономикалық процессуал кодекси ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине прокурордың суд додалаўының ўақты ҳәм орны ҳаққында прокурор тийисли тәртипте хабардар қылынбастан көрилген, нызамда прокурордың қатнасыўы нәзерде тутылған ислер бойынша кассация протести, ревизия тәртибинде протест келтириў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын тийисли судлардан ислерди талап қылып алыўға болған ҳуқықы белгиленгенлигин, сондай-ақ, бундай категориядағы ислерди көриў жуўмақлары бойынша шығарылған суд ҳүжжетлери үстинен шағым етиў тәртиби анықластырылғанлығын, Өзбекстан Республикасының “Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамының мазмун-мәнисин ҳәмде кейинги жылларда “Жаңа Өзбекстан – жаңа суд” принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеңейттириўге, инсанның қәдир-қымбаты үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған айрықша реформалар әмелге асырылғанлығын, атап айтқанда елимизде мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлиги үстинен нәтийжели суд бақлаўын орнатыў, сондай-ақ пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў барысында турақлы реформалар әмелге асырылып атырғанлығы, инсан қәдири ҳәм мәплери ең тийкарғы принциплери екенлигин, барлық реформалар пуқаралардың тыныш, татыў жасаўы, олардың еркинлиги, шахсына ҳәм мал-мүлкине қол қатылмаслығы, олардың еркин пәраўан турмыс кешириўине қаратылып атырғанлығы ҳаққында кеңнен түсиниклер берди.