Нөкис районы мектепке шекемги хәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы «Фортуна-Хантөре» мәмлекетлик жеке шерикшилик тийкарында шөлкемлестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Нөкис қаласы ҳәм Нөкис райони мәмлекетлик жеке шерикшилик тийкарында ҳәм шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери шөлкемлестириўшилери ушын республикалық семинар болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги методисти Н.Қурбанова, Санитария-епидемология тынышлық ҳәм жәмәәт саламатлығы Нөкис районлық бөлими врачы, Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими Мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарындағы билимлендириў шөлкемлери искерлигин муўапықластырыў бойынша бас қәнигеси А.Тилеўниязова, бөлими бас методист А.Каллибекова ҳәм билимлендириў илим ҳәм мәденият хызметкерлери Нөкис районы бөлимшеси баслығы М.Нуратдиновлар қатнасты.
Семинар даўамында Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириўдиң әҳмийети, Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде санитария-гигиена қағыйдалары ҳәм нормаларына әмел етиў, Мәмлекетлик емес МШБШ тийисли ис ҳүжжетлериниң жүритилиўи, Мәмлекетлик емес МШБШ тийисли қабыл етилген ҳуқықый норматив ҳүжжетлер менен таныстырыў ҳәм районлық мәмлекетлик жеке шерикшилик тийкарында ҳәм шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимендириў шөлкемлери хызметкерлериниң басланғыш кәсиплик аўқамы комитети”н дүзиў ҳаққында тусиниклерге ийе болды. Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды ҳәм пикир усынысларын билдирди.