Бугин Нөкис районы 9-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеминде «Методикалық шеберлик сааты»на старт берилди

Методикалық шеберлик сааты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-центябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сыпатын ҳәм нәтийжелилигин жәнеде асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПП-152-санлы Пәрманы тийкарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында шөлкемлестирилмекте. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2024-жыл 8-ноябрьдеги 362-санлы буйрығы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2024-жыл 15-ноябрь күнги Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде қәнигелик асырыўдың «Методикалық шеберлик күни» ҳәм «Методикалық шеберлик сааты» иләжларлн басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққында»ғы 319-санлы ҳәм Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен 2024-жыл 3-декабрь куни 143-санлы буйрықларына тийкар райондағы 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми етип белгиленди.Семинарда тренерлик етиўши 9-санлы шөлкем методисти Хаджиева Улзада Байратдиновна таяныш шөлкемге бириктирилген 16 мәмлекетлик шөлкемниң жетекши педагогларына өз тәжирийбелерин ҳәм билимлерин уйретип бармақта. Бугинги семинардан өзлестирген билим ҳәм тәжирийбелерин жетекши педагоглар мийнет жәмәәтлерине барып уйретип, өз ис тәжирийбелерин еле де байытып барады. Методикалық шеберлик саатлары ҳәр айдың 1,3 ҳәптелеринде алып барылады. Бул семинар арқалы педагогларымыз, жәҳән тәжирийбелеринен улги алып, заманагөй тәлим бериӯдиң жаңа формаларын енгизиу ҳәм мектепке шекемги билимлендириў тараӯының жаңа басқышларға шығыӯында ирге тасы болып хызмет етери сөзсиз.

Skip to content