Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Байрам кешесинде район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлерди, ветеранлар ҳәм байрам қатнасыўшыларын сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, Қураллы Күшлерди беккемлеў, халқымыздың тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин, мәмлекетимиз шегараларына қол қатылмаслығын тәмийинлеў, соныӊ менен бирге тактикалық ҳәм де стратегиялық ўазыйпаларын нәтийжели шешиўге ылайық болған, заманагөй, ҳәр тәреплеме жақсы қуралланған миллий армияны және де жетилистириў бойынша салмақлы жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти. Буннан соң, 71181-санлы әскерий бөлиминиң офицер ҳәм сержантлары, районлық Қорғаныў бөлими хызметкерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалари тапсырылды. Илаж даўамында районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни
