НЫЗАМШЫЛЫҚҚА КИРИТИЛГЕН СОҢҒЫ ѲЗГЕРИСЛЕР ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР

Мәмлекетимизде айрым нызам ҳүжжетлерине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритиўде сол тараўдың раўажланыўында бир қанша келиспеўшиликлер яки нызамбузылыўларды пайда етеди. Сол себепли келип шыққан машқаланы шешиў яки тәртипке салыў нызамшылық нормалардың қабыл етилиўин талап етеди. Бул нызамшылыққа ѳзгерис ҳәм қосымшалардың пайда болыўы тек-ғана жаратыўдан емес ал әмел етиў менен тығыз байланыслы болады.

Бүгинги күнде жер ресурсларынан рационал ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийнлеўге ҳәмде жер участкаларын ѳзбасымшалық пенен ийлеп алыўдың алдын алыўға қаратылган бир қанша унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Жерге қарата ҳуқықый қатнасықларда турақлылықты тәмийнлеў, жерлери қорғаў, жер ийелериниң мүлклик  ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейттириў ҳәмде бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың ѳз ўақытында алдын алыў лазымлығы пайда болмақта.

Сол себепли бүгинги күнде мәмлекетимиздиң раўажланыўында ҳәм бир қанша нызамлықларға ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сол қатары Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң  2024 йил 10 июнь күнги «Оператив-қыдырыў ҳәмде тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин жәнеде күшейттириў ис-илажлары ҳақкында»ғы ПП-89-санлы Пәрманы ҳүжжети тийкарында суд-тергеў әмиелияты инсан ҳуқық ҳәм ерикинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийнлеўде турақлы механизмлер толық иске қойылмағанлығы ҳәмде жынаят садыр еткенликте айыпланып атырған шахстың жеке еркинликке тийкар конституциялық ҳуқықларын суд арқалы исенимли тәмийнлеў шараларын күшейттириў зәрүрлиги бар екенлигин кѳрсетпекте.

«Ѳзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген баслы жѳнелислерден келип шығып, судлар искерлигин асырыў, исти судқа шекем жүритиўде тәреплердиң теңлиги ҳәмде тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, турақлы қорғаўга ерисиў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Әдиллик министрлиги 2025-жыл 1-январдан баслап – жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүритиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша район, қала судларында арнаўлы судьялар – тергеў судьялары тәрепинен кѳрип шығыў тәртибин енгизиў; жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымын киритиў; жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүритиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуал қарарларға берилген санкциялар тек-ғана апелляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Ѳзбекстан Республикасы Әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте кѳрип шығыў тәртибин белгилеў; тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди кѳрип шығыў ўәкилликлерин бериў; тергеў судьялары тәрепинен кѳрип шығылылатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди жоқары инстанцияларда қайта кѳрип шығыўдың әмелдеги тәртибин сақлап қалыўлардан ибарат.

Пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, суд-ҳуқық саласындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары етип белгиленген.

Суд системасының тийкарғы мақсети, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў арқалы халқымыздың суд системасына болған исенимин қатаң беккемлеўден, судты шын мәнисиндеги «Әдиллик қорғаны»на айландырыўдан ибарат.

Буннан тысқары, елимизде бир қанша унамлы ѳзгерислер болмақта, бизиң пикиримизше усы раўажланыў жолында тосық болатуғын – бул әлбетте коррупция болып табылады. Сол себепли,  мәмлекетимзде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қанша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген ҳәм ҳәзирги ўақытта бул жат иллетти тек-ғана мәмлекетлик уйымлар емес, бул жаман иллетке барлық пуқараларымыз бирге қарсы гүресиў жумыслары алып барылса, буны жеңиўге болатуғынлығы бәршемизге мәлим.

Нѳкис районлараралық ҳәкимшилик

судының судьясы К.Р.Бабаназаров.

 

Skip to content