Президент қарарының орынланыўы тәмийинленбекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги 454-санлы қарарына тийкар, Нөкис районы аймағындағы «Ақмаңғыт» каналының 9,5 км аралығын реконструкциялаў (бетонлаў) белгиленген. Жойбарды әмелге асырыў ушын 9,5 млрд. сўм қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде кесип алып ислеўши кәрхана тәрепинен керекли техникалар алып келинип, каналды бетонлаў ушын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Нөкис районындағы “Ақмаңғыт” хожалықлар аралық каналы 1963-жылы иске қосылған болып, улыўма узынлығы – 9,5 км, улыўма суў сарпланыўы – 3,0 м3/сек.ти қурайды. Бул канал “Каттағар” магистраль каналынан суў алып, Нөкис районының “Ақмаңғыт,” “Каттағар” ҳәм “Дарсан” хожалықлары аймақларындағы хожалықларының қыйтақ жер майданларын ҳәм 29 фермер хожалығының жәми 2850 гектар егислик майданларына хызмет етеди. Каналды бетонлаў нәтийжесинде, жыллық есапта 5 млн 443 метр куб суў үнемленеди.

Skip to content