«8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди.

Нөкис районында  «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди.

Онда районымыздың нураный аналары, жәмийет турмысында белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлар, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислеўши белсенди ҳаял-қызлар қатнасты. Байрам илажинде сөзге шыққанлар барлық ҳаял-қызларды байрам менен қытлықлады.

Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили дәрежеде орны бар бизиң  районымыздың белсенди ҳаял-қызлары  ҳәр қашанғыдай байрам мүнәсибети менен бүгин де иззетте. Себеби, олар ҳәр бир шаңарақтың гүли, жәмийеттиң де  жүгин қоса тартып жүрген өз кәсибиниң пидайылары,  бири медицинадан болса, бири билимлендириўден  және бири аўыл хожалығы тараўының жанкүйерлери.

Салтанатлы кешеде мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында белсендилиги, өзлериниң нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар  ҳаял-қызларымыз «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Skip to content