Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри басшылығында Нөкис районында жүз берген аўыр ақыбетли жынаятлар додаланды

Соңғы ўақытта Нөкис районында жүз берген аўыр ақыбетли жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм алдағы ўақытларда бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыўға бағышланып мәжлис өткерилди. Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри ҳәм тийисли мекеме шөлкем басшылары, Ишки ислер органлары хызметкерлери, сондай-ақ мәкан пуқаралары жыйынлары ўәкиллери қатнасты. Атап өтилгениндей, айрым аймақларда мәҳәлле жетилиги тәрепинен ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықлардың алдын алыў бағдарында жумысларды дурыс шөлкемлестирилмегенлиги аўыр ақыбетли жынаятлардың жүз бериўине себеп болмақта. Сонлықтан да мәжилисте мәкан пуқаралар жыйынлары ўәкиллери ҳәм бирге ислесиўши уйымлардың хызметкерлерине жүз берген жағдайлардан дурыс жуўмақ шығарып алдағы ўақытларда бундай жынаятлардың алдын алыў бағдарындағы жумысларды күшейтиў керек екенлиги атап өтилди. Илаж соңында алдағы ўақытларда ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықлардың, соның менен бирге басқа да айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша жыйналған жуўапкер хызметкерлерге ўазыйпалар белгилеп берилди.

Skip to content