Көшпели судта алты миллион сўм жарийма салынды

Гезектеги көшпелиашық суд мәжилиси Нөкис районы «Ақмаӊғыт» ППЖ турғынлары қатнасында өткерилди. Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтановтың басшылығында судланыӯшы Ф.А. қатнасында Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 248-статьясы  1-бөлими менен топланған жынаят иси көрип шығылды. Судланыўшы Ф.А, 2023-жыл 20-февраль күни саат 22:30 шамасында Нөкис районы Кердер АПЖ аймағындағы егислик атызында ҳеш қандай тийисли ҳүжжетлерсиз К80454 номерли “ИжК” маркалы аў қуралы менен нызамсыз аң аўлап жүргенинде Нөкис районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында иркилип,  оннан 1 дана тақ стволлы, 16 калибрли “ИжК” маркалы К80454 санлы аў қуралы, 6 дана гилза ҳәм 2 дана оқ патронлары айғақлы зат ретинде алынған. Суд, судланыўшы Ф.А Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 248-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып базалық есаплаў муғдарының жигирма барабар    6 000 000 (алты миллион) сўм муғдарында жәрима жазасына судланды. Судланыўшы Ф.А-ға жаза тайынлаўда оның айыбына толығы менен ықрарлығын, қылмысынан пушайманлығын, семьялы 3 перзентиниң барлығын, бурын судланбағанлығын итибарға алған ҳалда оған жәрийма жазасы тайынланды.

Skip to content