Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында 2023-жыл 11-апрель күни өткерилген видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, район аймағында жасаўшы жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша сектор басшыларын жуўапкерлер бириктирилген еди.

Район ҳәкими О.Уснатдинов 1-сектор аймағындағы жаслардың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм машқалаларын сапластырыў мақсетинде жаслар менен ушырасты.

Ашық сәўбет тәризинде өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң машқалалары менен бир қатарда пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Район ҳәкими жаслардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда оларды кәсипке бағдарлаў, арнаўлы курсларда оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилетуғынлығын айрықша атап өтти.

Skip to content