Нөкис районы 4-сектор басшысы Б.Караматдинов сәўбетлесиў өткерди

Нөкис районы 4-сектор басшысы Б.Караматдинов сектор аймағындағы пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилири, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәмде жаслар жетекшилери менен сәўбетлесиў өткерди.

Өткерилген сәубетлесиў даўамында пуқаралар жыйынлары баслықларыныӊ мәҳәлле аймағында алып барылып атырған жумыслары тыӊланды, буннан соӊ Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер  инфрастурктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында»ғы 408-санлы қарар бойынша ҳәр бир ишки жолларды көрип шығыў тапсырылды.

Ҳәким жәрдемшилери менен сәўбетлесиўде мәҳәлледеги жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм де оларды исбилерменликке тартып, кредитлер ажыратыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў тапсырылды.

Ҳаял-қызлар белсендилери менен сәўбетлесиўде «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-кызлардыӊ ҳәр бир тайпасы бойынша жумысларды әмелге асырыў, олардыӊ бәнтлиги ҳәмде исбилерменликке бағдарлаў, субсидиялар ажыратыў бойынша ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте жумысларды шөлкемлестириў ўазыйпалары тапсырылды.

Жаслар жетекшилер менен сәўбетлесиў барысында «Жаслар дәптери»нде турған жасларды қайта сәўбетлесиў тилегин билиў ҳәм де жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша кешки мектеп спорт комплекслеринде спортқа қамтып алыў тапсырылды.

Жыйналыс соӊында сектор басшылары тәрепинен халық арасында үнемлеўши электр яғный қуяш панеллериниӊ орнатылыўы бойынша ҳәм де қуяш панеллери орнатылған пукараларды «салық мобил» қосымшасында жаӊадан ашылған «Қуяшлы хожалық» бәнтинен дизимнен өткериў бойынша атап өтилип, бул бағдарда тапсырмалар берилди.

 

Skip to content