Коррупция –иллети демократия ҳәм ҳуқық үстинлигитийкарларыназыян жеткереди, инсан ҳуқықлары бузылыȳынаалып келеди, базарлар искерлигине тосқынлық қылады, турмыс тәризи сыпатын тѳменлетедиҳәмадамлар қәȳипсизлигине қәȳип салатуғын бирлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселер тамыратып, гүллеȳи ушын шараят жаратып береди.
Коррупцияүлкенҳәм киши, байҳәм кәмбағал болыȳынақарамастан барлық мәмлекетлерде ушырайды. Усыжеркенишли иллеттижоқ етиȳбойыншапүткил жәҳәнде бир қатар бир қатар ислер әмелге асырылып атырған болсада,елеге шекем жѳнге салынбай атыр.
Коррупцияның тарийхи жүдә қәдимгебарып тақалып, булиллетқәȳимдебелгилистатусқа ийе болыȳ ушынқәȳим сардарларына саȳғалар бериȳәдетинен келипшыққан депшамаланады. Солдәȳирлерде бул нормал ҳалат сыпатында қабыл етилген. Бирақ мәмлекет аппаратыныңқурамаласыȳыҳәморайласыȳы коррупцияныңмәмлекетраȳажланыȳындаүлкен тосық екенлигин кѳрсетти. Коррупцияға қарсыгүрескен биринши мәмлекет сыпатында қәдимги Шумер мәмлекети тән алынади. Қәдимги мәмлекетлерди әсиресе ҳуқық қорғаȳ органларының парахорлығы қатты тәшȳишке салғанлығы бизгеше сақланып қалған дереклерден мәлим. Себеби бул ҳалат мәмлекеттиңабырайына жүдә қаттызыян жеткеререди. Дуньяныңжетекши динлеринде де биринши нәȳбеттеҳуқық қорғаȳ органларының парахорлығы қатты қараланады. Тийкарынан, Инжилде “Саȳғаларды қабыл етпе, себеби саȳға кѳрди кѳретуғын қыладыҳәм ҳақийқаттыѳзгертиреди” дейилген болса, Қурани Кәримде “Басқалардың мүлкин наҳақ жол мененалмаңҳәм басқаларға тийисли болған нәрселарди алыȳ ушын ѳз мүлкиңизден ҳәкимлериңизге пара қылып бермең” дейилген.
XVIII әсирдиңекинши ярымына келип жәмийет мәмлекет басқарыȳ аппаратының ис сыпатына кѳбирек тәсир кѳрсете баслады. Булсол дәȳирде қабыл етилген бир қатар нызам ҳүжжетлериндеѳз кѳринисин тапқан. Атап айтқанда, 1787 жылда қабыл етилген АҚШ Конституциясында пара алыȳ АҚШ президенти импичментке тартыȳ мүмкин болған еки жынаяттың бири сыпатында кѳрсетипѳтилген. Сиясий партиялардыңжүзеге келиȳиҳәмолардың мәмлекет турмысындаорнының артып барыȳы XIX-XX әсирлердераȳажланғанмәмлекетлерде коррупция дүньяның басқа мәмлекетлеринеқарағандаанағурлымкемеȳине алып келди.
Бул иллетти анализ қылған бир қатар қәнийгелерхалықтың ҳуқықый саȳаты пәслиги, мәмлекет секторында хызмет қылып атырған хызметкерлердиң айлық ис ҳақысының пәслиги факторлары коррупцияныжүзеге келтириȳши принциплерсыпатында кѳрсетеди.
Коррупцияға қарсыгүрестежоқары нәтийжелергеерискен Швеция, Сингапур, Гонконг, Португалия сыяқлымәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениȳсоныкѳрсетеди, коррупцияныжүзеге келтириȳшифакторлардысапластырыȳ коррупцияға қарсыгүрестеәҳмийетлиорынийелейди.
Сингапур мәмлекети 1965 жыл мустақыллыққа ерискеннен кейин коррупция дәрежеси эңжоқары болған мәмлекетлер қатарында турар еди. Лекин бул иллетке қарсыѳткерилген бир қатар иләжлар булмәмлекетте коррупцияның минимал дәрежегетүсиȳинеалып келди. Биринши нәȳбетте булжерде бюрократик процесслер жеңиллестирилип суд системасының мустақыллығысудьялардың дәраматлары кѳбейи есесине асырылды. Солменен бирге коррупция жынаятларыушын санкциялар аȳырластырылып,пуқараларға коррупцияға қарсы жынаятларды тергеȳқылыȳдабирге ислесиȳден бас тартқанлығыушын жүдәүлкенфинанслық санкциялар белгиленди. Бир қатар мәмлекетмекемелериндетүптеп “тазалаȳлар” ѳткерилип булпроцесслер телеканаллар арқалыпүткилмәмлекеткекѳрсетилген. Жоқарыда санапѳтилгенфакторлардыңбарлығы Сингапурды қысқа мүддетлерде коррупция дәрежеси эң пәс мәмлекетлер дизиминдеалдағымәмлекетлер қатарына алып шықты. Коррупцияға қарсыгүресте жәҳән мәмлекетлери тәжирийбесин үйрениȳсоныкѳрсетедитек ғана жынаий нызамшылықтыаȳырластырыȳжолыменен булунамсыз иллетке қарсы гүресип болмайды. Бул иллетти жеңиȳушын биринши нәȳбеттехалықтың ҳуқықый саȳатханлығынасырыȳ, пуқаралық институтларыхызметинкүшейтириȳ лазым болади. Сонда ғана гѳзленген мақсетке жетиȳ мүмкин.
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы
Сейтанов Азат Исмайлович




