Қаллижағыс аўылы турғынларыныӊ мүрәжатларын тыӊлаў ушын көшпели қабыллаў өткерилди

Нөкис районы 1-сектор аймағына тийисли «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны Қаллижағыс аўылы турғынларыныӊ мүрәжатларын тыӊлаў ушын көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаўға район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Моятдинов ҳәм мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен ишимлик суў, тәбийий газ мәселелери ҳәм басқада турмыслық машқалалары тыңланды.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берилди.

Skip to content