Бүгин, 11-сентябрь күни Нөкис районы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында исбилермен, “шухрат” медалы ийеси Пиримбетов Қаллибек пенен район жаслары ушырасты.
Қ.Пиримбетов ҳәзирги ўақытта райондағы «Саманбай» АПЖ аймағындағы “NUKUS AGRO FISH” жуўапкершилиги шекленген жəмийети баслығы болып жумыс алып бармақта.
Ушырасыў даўамында исбилермен өзиниӊ исбилерменлик басып өткен жоллары, жетискенликлери ҳаққында айтып берди.




