Мәмлекетимиз басшысы әдалатлық халқымыз ушын әзел-әзелден тыныш ҳәм абадан турмыс өлшеми, барлық жақсылықлардың дәреги болып келгенин, Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыздың «Күш-әдилликте» деген даналық сөзине әмел етип, мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, ел-журттың тынышлығын ҳәм абатлығын тәмийинлеўге ерисиледи.
Бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийет қурыўда нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Бул бағдарда мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы болған суд системасының орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен. Бул ҳақыйқатты биз бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге қаратылған ҳәм алып барылып атырған кең көлемли реформалар болып табылады.
Елимизде суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеў ҳәм абыройын арттырыў, оны бурынғы жазалаўшы уйымнан инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғайтуғын, жәмийетттеги демократиялық өзгерислердиң әҳмийетли қуралы болған институтқа айландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда еле өз шешимин таппаған кемшиликлер менен машқалалар ҳәр тәреплеме талқыланып, әҳмийетли әмеллий жуўмақлар шығарылмақта.
Пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, суд-ҳуқық саласындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары етип белгиленген.
Қолға киргизилген нәтийжелер менен шекленип қалмастан, тараўдың раўажланыўына шын көз-қарастан қатнас жасаў, турмыстың өзи алдымызға қойып атырған бир-биринен әҳмийетли ўазыйпаларды нәтийжели шешиў жоллары және механизмлери ҳаққында билдирилген анық усыныслар, әмелий басламалар тийкарында суд уйымлары, судлардың жумысын пүткиллей жаңа тийкарда, нәтийжели шөлкемлестириў лазымлығына айрықша итибар қаратылмақта.
Соңғы ўақытта елимиз пуқаралары тәрепинен ҳәкимшилик судына келип атырған мүрәжатлердиң көпшилиги ҳәкимшилик органлары лаӯазымлы шахслары ҳәм пуқаралар ҳәмде юрикалық шахслар ортасындағы тартыслар, олардың ҳуқықлары ҳам нызамлы мәплерин тәмийнлеӯ менен байланыслы екени, бул бағдарда көплеген машқалалар бар екенинен дәрек береди.
Суд системасының тийкарғы мақсети, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў арқалы халқымыздың суд системасына болған исенимин қатаң беккемлеўден, судты шын мәнисиндеги «Әдиллик қорғаны»на айландырыўдан ибарат.
Нѳкис районлар аралық судының
судьясы К.Р.Бабаназаров