“Жаслар 1+1: қаржы саўатлылығы” жойбары шеңберинде оқыў семинары шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте  “Жаслар 1+1: қаржы саўатлылығы” жойбары шеңберинде Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳəм көркем-өнер мектебинде  семинар-тренинг болып өтти.  Мақсет болса  коммерциялық  банклерде сақланатуғын аманат түрлери ҳәм  шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў, тәлим кредити, субсидия алыў тәртиби, халықтың банк системасындағы машқалаларын шешиў ҳәм экономикалық раўажланыўы ушын финанслық билим дәрежелерин арттырыўға көмеклесиўден ибарат. Ушырасыўда  Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының бөлим баслығы, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты М.Қасимов, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы К.Худайбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер, физикалық тәреплерге берилетуғын кредитлер, олардың түрлери ҳәм шәртлери, талап етилетуғын ҳүжжетлер, “Жаслар 1+1: қаржы саўатлылығы” жойбары бойынша түсиник берилди. Сондай-ақ, бюджетлестириў, үнемлеў, инвестиция киргизиў, кредит ва қарыз сыяқлы мәселелер додаланды. Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Skip to content