Район ҳәкими З.Зайтов аймақтағы жаслар ҳәм мектеп питкериўшилери менен ушырасты.

Бүгин Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде район ҳәкими З.Зайтов аймақтағы жаслар ҳәм мектеп питкериўшилери, сондай-ақ, олардың ата-аналары менен ушырасты.

Ушырасыўда район ҳәкими тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жасларға жаратылып атырған имканиятлар, сондай-ақ, Президентимиздиң “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў ис-илажлары хаққында”ғы ПҚ-153-санлы қарары бойынша мағлыўматлар берилди.

Буннан соң, жаслар тәрепинен өзлериниң қызықтырған сораўлары, усыныс-пикирлери тыңланып, олардың басламалары район ҳәкимлиги тәрепинен турақлы қоллап-қуўатланатуғынлығы билдирилди.

Skip to content