Суд ҳәкимиятының тийкарғы ўазыйпалары

Суд ҳәкимиятының тийкарғы ўазыйпасы – пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин қорғаў, нызамларды ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжатлерди орынлаў ҳәм қолланыўда нызамлылықты ҳәмде әдалатлықты тәминлеўден ибарат. Бул «2022-2026» жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның тараққиёт стратегиясының 15-мақсетинде ҳәм өз сәўлелениўин тапқан. Усылардан келип шығып, Президентимиздиң “Оператив-излеў ҳәмде тергеў жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин жәнеде күшейтириў ис-илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен тергеў судьясы лаўазымын енгизиў белгиленди. Ҳүжжетке көре, 2025 жыл 1 январдан жынаят ислери бойынша район, қала судларына тергеў судьяси лаўазымы киритилип, олар судқа шекем ис жүритиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў ҳәм мәжбүрлеў шараларын қолланыў мәселесин ҳәмде ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығады. Әмелге асырылып атырған реформалар ис бойынша барлық жағдайлардың суд тәрепинен ҳәр тәреплеме тексерилип, дәлиллерге қалыс баҳа берилиўине, нәтийжеде ақлаў ҳүкимлериниң көбейиўине ҳәм пуқаралардың судқа болған исенимин асырыўға хызмет қылады.   Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы                                                              А.Сейтанов

Skip to content