Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги тоқсан биринши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе Нөкис районы сайлаў участка ағзалар қурамын тастыйықлаў ҳаққында Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы баслығы М.Бегдуллаевтың мағлыўматы тыңланды.
Екинши мәселе Нөкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында “Жасыл бағ” жойбарын әмелге асырыў ушын жер майданын ажыратыў бойынша Нөкис районы ҳәкими орынбасары М.Мамбетрзаевтың мәлимлемеси еситилди.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.