Шет ел фильмлеринде көп көргенбиз, қандайда айыпланыӯшы шахс қолға түссе, оның қамаққа алыныӯ тийкарлары ҳəм ол қандай ҳуқықларға екенлиги тусиндириледи. Сол қамаққа алыў ямаса услаў ӯақтында “сиз үнсизлик сақлаў ҳуқықына ыйесиз, айтқан гəплериңиз судта өзиңизге қарсы қолланылыўы мүмкин ҳəм сиз адвокат жаллаў ҳуқықына ыйесиз”, деген гəплер дерлик ҳəммемиздиң ядымызда қалған. Бул əпиўайы гəп сыяқлы көриниӯи мүмкин, бырақ, “Миранда қағыйдасы” юриспруденциядаги орны жүда үлкен халықаралық дəрежеде тан алынған қағыйда есапланады. Усы қағыйдаға көре, жынаят ислеӯде гүман қылынатуғын шахсты услаў ӯақтында ҳəм сораў қылыўдан алдын оған протсессуал ҳуқықлары түсиндирилиўи керек. Көпшилик жағдайларда, ҳуқық қорғаӯ уйымлары тəрепинен айыпланыӯшы шахс қолға алынғанда, ол не ушын усланғаны ҳəм қандай ҳуқықларға ийе екенлиги оған түсиндирилмегенлигиниң, оның ҳуқықлары тəмийинлеп берилмегенлигиниң гуўасы боламыз. Ҳуқық қорғаӯ уйымлары өз атынан көринип турыпты, олардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири ҳуқықларды қорғаў есапланады. Солай екен, ҳуқық қорғаӯ уйымларының өзлери тəрепинен биреӯдиң ҳуқықларының бузылыӯы жүдə уятлы жағдай. Шахсты услаў ӯақтында оған түсиникли тилде оның ҳуқықлары ҳəм услап турылыўы тийкарлары түсиндирилиўи, ол қəлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы, ҳəр бир шахс жынаят процесиниң ҳəр қандай басқышында, шахс усланғанда болса оның ҳəрекетлениў уқыплылығы ҳуқықы əмелде шекленген ўақыттан баслап өз таңлаўына көре адвокат жəрдеминен пайдаланыўы булардың ҳəммеси шахстың ҳуқықы есапланады. Шахстың жоқарыда санап өтилген ҳуқықлары әйне ҳуқықты қорғаӯ уйымлары тəрепинен услаў ҳəм тергеў процессинде бузылыӯы мүмкин. Шахстың үнсизлик сақлаў ҳуқықы инсан ҳуқықларына тийисли халық аралық ҳүжжетлерде де саўлеленген. Усы кепиллик Пуқаралық ҳəм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халық аралық пакттиң 14-статьясындағы “өзине өзи қарсы көрсетпе бериўге ямаса өзин айыплы деп тəн алыўға мəжбүр етилмеӯ” қағыйдасында жəне де раўажландырылған. Атап өтиў керек, “Миранда қағыйдаси” бүгинги күнде барлық мəмлекетлер Конститусиясы ҳəм нызамларында, инсан ҳуқықларына тийисли халық аралық ҳүжжетлерде көпшилик мәмлекетлер тарепинен тан алынған норма ретинде белгиленген. Енди бул мəмлекетлер қатарына Өзбекстан да қосылды. Өзбекстан Республикасы Конституциясиниң бир неше статьяларында “Миранда қағыйдаси” нормалари беккемленип қойылды. Атап айтқанда : Шахсты услаў сыяқлында оған түсиникли тилде оның ҳуқықлары ҳəм устап турылыўы тийкарлары түсиндирилиўи шəрт (27-статья). Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин. Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр емес. (28-статья). Ҳәр бир шахс жынаят процесиниң ҳәр қандай басқышында, шахс усланғанында болса оның ҳәрекетлениў еркинлиги ҳуқықы әмелде шекленген ўақыттан баслап өзиниң таңлаўына муўапық адвокат жәрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе. (29 -статья). Жынаят-процессуал нызамшылығы бойынша шахстың айыплы ямаса айыпсызлығын дәлийллеӯ миннетлемеси айрықша жуўапкер лаўазымлы шахсларға жүклетилген. Яғный, дəслепки тергеўде шахсқа қарата айыплаў тергеўши тəрепинен жәрияланады, суд додалаӯында болса айыплаўды прокурор қоллап-қуўатлайды. Әйне усы нормалар себепли, шахстың айыплы ямаса айыпсызлығын дәлийллеӯ тек усы лаўазымлы шахслар мойнында. Гүманланыўшы, айыпланыўшы, судланыўшы болса дәлийллеӯ процесинде қатнасыўға мəжбүр емес. Егер қəлесе, шахс усланған ўақтынан тап ҳүким шығарылғанға шекем үнсизлик сақлаўы мүмкин – бул оның ҳуқықы есапланады. Әдетте, əмелиятта шахс усланғанда ямаса оған қарата жынаят иси ашылғанда ол аӯыр руӯхый жағдайға түсип, өзин жоғатып қояды ҳəм өз ҳуқықларын билмейди, билсе де толық аңлай алмайды. Бундай қурамалы руӯхый жағдайда жынаятта айбы бар яки жоқ екенлигин дәлийллеӯ өзиниң емес, тергеў органларының ўазыйпасы екенин түсинбеген пуқаралар өзине қарсы көрсетпелер бериўи турмыста көп ушырасып турады. Сол себепли шахс өзиниң айыпсызлығын дәлийллеп бериўи шəрт емеслиги ҳəм қəлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкинлиги қағыйдасының конституциялық дəрежеде беккемлениўи тергеў органлары тəрепинен шахсты мəжбүрлеў ямаса оған ҳəр қандай басым өткериў сыяқлы унамсыз ҳəм нызамға қарсы жағдайлардан қорғайды. “Миранда қағыйдаси” институтының конституциялық беккемлениўи жынаят иси қалыс тергелиўи ҳəм тергеў органлары тəрепинен ҳəр қандай нызамға қарсы ҳəрекетлер ҳəм қадаған етилген усыллар қолланылыўының алдын алады, шахстың ҳуқықларын тəмийинлеп береди. Бул қағыйдаға көре шахстың ҳуқықлары ол жақсы түсинетуғын тилде түсиндирилиўи талап етиледи. Соның менен бирге, усы қағыйда усланған шахсқа оның ҳуқықлары реал тəмийинлениўин кепиллейди ҳəм оған қарата тергеў органлары тəрепинен алдаӯ, надурыс мағлыӯмат бериў ҳəм басқа ҳəр қандай нызамға қарсы усыллар қолланылыўына жол қоймайды. Буннан келип шығады, “Миранда қағыйдаси” инсан ҳуқықлары қорғаўы кепиллигин күшейтеди, усланған шахсқа қарата еле айыбы тастыйықланбастан “жынаятшы”, “ҳуқықбузар” ретинде емес, бəлким жəмиеттиң ағзасы ретиндеги қәдирин беккемлеўге ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди. Жынаят ислери бойынша Hөкис районы судының баслығы Сейтанов Азат Исмайлович
МИРАНДА ҚАҒЫЙДАСЫ
