Нөкис районы 2-сектор аймағына қараслы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаў өткерилди. Оған сектор басшысы П.Халмуратов пуқаралардыӊ мүрәжатларын тыңлады.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен ишимлик суў, электр энергиясы, ишки жоллар менен байланыслы мүрәжатлары келип түсти.
Билдирилген машқалалар тийисли тәртипте үйренилип, олардың қысқа мүддет ишинде орынланыўы бойынша тараў басшыларына бир қатар тапсырмалар берилди ҳәмде 2-сектор тәрепинен қадағалаўға алынды.