“ЖАС ЗИЯЛЫ” ТАҢЛАЎЫ

“Руўхый-ағартыўшылық сарайы”нда мәмлекетлик хызметкерлерди руўхый жақтан сиясий саўатын асырыў, оларды мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың белсенди қатнасыўшысына айландырыў, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги руўхый-ағартыўшылық жумысларына жуўапкер қәнигелердиң жумыс тәжрийбесин кең ен жайдырыў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде “Жас зыялы” таңлаўының аймақлық басқышы шөлкемлестирилди.

Таңлаўға Тақыятас, Хожели, Кегейли ҳәм Нөкис районларынан мәкеме ҳәм шөлкемлердеги руўхый-ағартыўшылық жумысларына жуўапкер қәнигелерден топарлар қатнасып өз-ара беллести.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм китаплар топламы менен сыйлықланды.

Skip to content