Район ҳакимлиги

Нөкис  районы ҳаққында қысқаша мағлыўмат Нөкис районы Қарақалпақстан Респуликасының арқа тәрепинде жайласқан болып,  район 1968-жылы 25-декабрь күни дүзилген. Туркменстан Республикасы, Хожели,  Қанлыкөл,  Кегейли,  Қараөзек,  Әмударья районлары ҳәм  Нөкис қаласы менен шегаралас. Районның улыўма жер майданы  94391 га. суўғарылып егилетуғын жерлер 31022 га. 2023-жыл 1-апрель халатына көре район халқының саны  53, 148 мың адамды қурайды. Соннан 10, 722  миң адам қалада,  42, 4  мың  адам аўылда жасайды. Районда 1 киши қала,  мәҳәлле ҳәм  11 пуқаралар жыйыны (Бақаншақлы,  Қырантаў,  Тақыркөл,  Саманбай,  Кердер,  Арбашы, Қутанкөл, Ақтерек, Дарсан, Үлгили мәкан, Төктаў, Дийқан арна)  аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары бар.  Орайы Ақмаңғыт қалашасы. Районда ҳәзирги ўақытта 2 кәсип-өнер мектеби,  33 мектеп,  142 орынға мөлшерленген емлеўхана,  күнине 380 адамды қабыл ететуғын поликлиника,  1 мәлимлеме русурс орайы,  1 спорт мектеби,  1 музыка мектеби жумыс алып бармақта. Районның экономикалық тийкары мийўе ҳәм палыз өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген.

Skip to content