Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс жетинши сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс жетинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияныӊ күн тәртибинде бес мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды.

Биринши мәселе Нөкис районы сектор басшыларының аймақларда алып барылып атырған жумыслары бойынша Нөкис районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Уснатдинов Омирбай Аманбаевич,  район прокуроры, 2-сектор баслығы Халмуратов Полат Пиржанович, район Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор баслығы Қаллибеков Саламат Кеўнимжаевич,  район Салық инпекциясы баслығы, 4-сектор баслығы Караматдинов Байрам Нажиметдиновичлардыӊ есабатлары тыӊланды.

Екинши мәселе θзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023-жылдың 4 айы даўамында алып барылған жумысларының есабаты ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилигин үйрениў жуўмақлары ҳаққында Нөкис районы Халық Қабыллаўханасы қәнигеси Бердиев Аму Закрияевичтыӊ баянаты тыӊланды.

Үшинши мәселе Нөкис районында 2023-жылдың 1-мәўсим “Пуқаралық белсенди”лик қоры есабынан “Ашық бюджет” мағлыўматлар порталы арқалы ең көп даўыс топлаған усыныслар сондай-ақ, финанс ҳәм экономика тараўында алып барылып атырған жумыслары ҳаққында район ҳәкиминиң камбағаллықты қысқартыў, финанс ҳәм экономика мәселелери бойынша биринши орынбасарыБекимбетов Рустем Муратовичтыӊ баянаты тыӊланды.

Төртинши мәселе Нөкис районында «Ҳаяллар дәптери» ниӊ 4-басқышындағы 5-критериядағы ҳаял-қызлардыӊ ижара жайда жасап атырғанлығы ушын ижара компенсация қаржыларын төлеп бериў ҳаққында район ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Узақбаева Бибигул Мендибаевнаныӊ есбаты тыӊланды.

Бесинши мәселе Нөкис районы “Ақманғыт” ППЖ ҳәм “Қутанкөл” МПЖ аймағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 2023-жыл 4 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Ҳәким жәрдемшилери Утегенов Қалбай Қонарбаевич, Ахунов Оңғарбай Атажанович есабатлары тыӊланды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

 

 

 

Skip to content