Нөкис районы “Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Бессаға” каналы бойында тактик оқыў шынығыўы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2023-жыл
18-май күнги 7-санлы буйрық ҳәм Нөкис районы ҳәкими – Пуқаралық қорғаў баслығыныӊ  2023 жыл 20-май күнги 6-санлы бўйрығына тийкар, усы жылдыӊ 30-май күни Нөкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Бессаға” каналы бойында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими, Нөкис районы ИИБ,  АЖМДның Нөкис районы буўынына кириўши пуқаралық қорғаў хызметлер менен биргеликте Нөкис районы “Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Бессаға” каналы бойында қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары ҳәмде киши көлемли кемелерден туўры пайдаланыў тәртиби” бойынша семинар ҳәм көргизбели арнаўлы – тактик оқыў шынығыўы өткерилди.

Көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы 3 басқышта болып өтти.

1-БАСҚЫШ: АЖМДның Нөкис районы буўынына кириўши пуқаралық қорғаў хызметлер, Нөкис  районы Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм мәкән пуқаралар жыйыны басшылары менен “Пуқаралардың суўға кетиўи менен байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыў” ҳәм киши көлемли кемелерден туўры пайдаланыў тәртиби” бойынша оқыў семинары өткерилди.

Оқыў семинары даўамында Айрықша жағдайлар басқармасы бөлим баслығы аға лейтенант А.Абдиғаниев суўға кетиўи менен байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыў, Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы подполковник А.Бекмуратов Республика аймағындағы өткен күнлерде инсанлардыӊ суўға шөгиўи менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиӊ анализин оқып таныстырды. Буннан кейин тийисли хызметлер өз пикир усынысларын билдирип өтти.

2-БАСҚЫШ: Нөкис районы АЖБ АЖМД ҳәм ПҚ ИШҮНБ баслығы капитан Р.Исаев  киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыў, дизимнен өткериў ҳәм техник көриктен өткериў, Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниӊ 2021 жыл 2 август кунги “Киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы 484-санлы қарар қабыл етилди. Қарарда белгилеп берилген Киши көлемли кемелер тийкарғы двигателлери күши 75 ат күши ҳәм жолаўшы сыйымлығы
12 адамнан артық болмаған өзи журер кемелер, маторларыныӊ ҳәм санына қарамасдан аспа маторлы кемелер, ҳаўа басымы менен толдырылатуғын яки исирилетуғын маторсыз кемелерге айтылады.

3-БАСҚЫШ: Нөкис районы АЖБ баслығы орынбасары аға лейтенант Б.Абдикеримов тәрепинен суўға кетиўи менен байланыслы айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў яғный пуқараға биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша бир қанша түсиниклер берип өтти.

Арнаўлы тактик оқыў шынығыў қатнасыўшылары өзлери қызықтырғын сораўларға жуўаплар алды.

Бунда Айрықша жағдайлар басқармасы Арнаўлы ўазыйпаларды орынлаўшы аймақлық қутқарыў отряды жеке қурамы, районлық медицина хызмети хызметкерлери тәрепинен суўға шөгиў менен байланыслы айрықша жағдайдың алдын алыў, жәбирленген пуқараны қутқарыў ҳәмде медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелий ҳәрекетлери көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы қатнасыўшыларына көрсетип берилди.

Көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўына Қарақалпақстан Республикасы АЖМДның Нөкис районы буўынына кириўши пуқаралық қорғаў хызметлери, Айрықша жағдайлар бөлимлери ҳәм районлық Мәкән пуқаралар  жыйынларынан жәми 102 адам қатнасты ҳәм 3 арнаўлы техникалар қатнастырылды.

Көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыў өз алдыны қойған мақсет ҳәм  ўазыйпаларға  толық ерисилип, белгиленген ҳәмме басқышлары орынланды ҳәм  ис-илажлар  сапалы,  әмелге  асырылыўы  нәтийжели түртки болды.

Оқыў шынығыў  мазмуны–мәниси  пуқараларға кең түрде жарытыў  мақсетинде жергиликли ғалаба хабар қуралларына көрсетиўлер ҳәм мақалалар таярланды.

 

 

 

Skip to content