ЖЫНАЯТ ДОДАЛАНДЫ

Бүгин, Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Моятдинов, районлық Ишки ислер бөлими баслығы орынбасары, подполковник Ж.Реймовлар қатнасында Нөкис районы «Дийқанарна» МПЖда усы аймақта жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда аймақ турғыны Қ.С. тәрепинен жүз берген жынаяттың келип шығыў себеплери ҳәм ақыбетлери ҳаққында айтып өтилди. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, бийпарўа болмастан оның алдын алыў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң ўазыйпасы емеслигин, бәлким ҳәр бир шахстың пуқаралық ўазыйпасы екенлигин ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Skip to content