Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс тоғызыншы сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде бес мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы О.Уснатдинов басқарып барды. Биринши мәселе θзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023-жылдың май-июнь айлары даўамында исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилигин үйрениў жуўмақлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтыӊ есабаты тыӊланды. Екинши мәселе Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде район ҳәкимлигиниң аўысық жер қорындағы бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары, дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында Нөкис Районы аўыл хожалығы бөлими баслығы орынбасары М.Жиемуратовтыӊ баянаты тыӊланды. Үшинши мәселе “Агробанк” акционерлик коммерциялық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис филиалының 2023-жыл январь-июнь айлары даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында “Агробанк” Нөкис филиалы баслығы орынбасары А.Айтымбетовтыӊ баянаты тыӊланды. Төртинши мәселе Акционерлик Коммерциялық “Халык банки” Акманғыт филиалының 2023-жыл январь-июнь айлары даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Халык банки” Акманғыт филиалы баслығы орынбасары Ш.Исаковтыӊ есбаты тыӊланды. Бесинши мәселе Қырантаў”, “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйыны “Ақтерек” мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм аймақты социял экономикалық раўажландырыў бойынша 2023-жыл январь-июнь айларында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында ҳәким жәрдемшилери Султанов Бахтияр Кеунимжаевич, Каримов Азизбек Бахтиярович ҳәм Разиев Зари Валиевичлердиӊ есабатлары тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content