Қырантаў аўылында режеге тийкар көшпели қабыллаў өткерилди.

Бүгин, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм районлық Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулманов пенен биргеликте 1-секторға қараслы «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйыны Қырантаў аўылында режеге тийкар көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаў даўамында аймақ турғынларының түрли тараўларға байланыслы машқалалары менен бирге пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.

Skip to content