Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясының жуўапкер хызметкери З.Нурматов, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судьясы Э.Турганбоев, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы Б.Нурлепесов ҳәм Нөкис районы суды баслығы А.Сейтановлар тәрепинен халықтың ҳуқықый мәдениятын, олардың жәмийетлик-сиясий активлигин, жәмийетте тутқан орнын асырыў мақсетинде усы аймақтың турғынлары менен сәўбетлесиў өткерилди.
Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда түптен өзгерислер болып атырған бир ўақытта ҳуқықый тәрбияның барлық форма ҳәм усылларынан нәтийжели пайдаланыў лазым. Сол себепли ҳуқықый мәдениятымыз дәрежесине сын баҳа берип, машқалаларымыз себебин терең үйрениўимиз керек. Бирақ тек нызамларды үйрениў ҳәм жуўапкершилик пенен қорқытыў арқалы нызам үстинлигине ҳәм жетискенликке ерисе алмаймыз. Буннан тысқары, ҳәзирги глобалласыў, илмий-техника раўажланыў дәўиринде халықтың ҳуқықый билими ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириў инновацион усылларынан, үгит-нәсияттың тәсиршең қуралларынан жетерли дәрежеде пайдаланбай атырғанымыз жоқарыдағы пикирлеримиз дәлили.
Ҳуқықый билим қысқаша етип айтқанда ҳуқық ҳәм нызамшылық пенен байланыслы адамлардың ойда сәўлелендириўлери, олардың сезимлери, әмелий тәжирийбелер тәсиринде пайда болған ҳуқыққа болған мүнәсебетин билдиреди. Ҳуқықый мәденият болса пуқараларды мәмлекет ҳәм ҳуқық ҳаққындағы әҳмийетли билимлерин ийелеп алыўы, әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққындағы түсиниклерин додалай алыўы ҳәмде олардан дурыс пайдалана алыўы болып есапланады. Ҳуқықын билген ҳәр бир пуқара жынаятшылық ҳәм жынаяттан жәбирлениўши болып қалыўдан сақланады ҳәм ақыбетин терең түсинип, бундай жағдайдан аўлақ болады.
Жынаят ислери бойынша Нөкис район суды баслығы
Сейтанов Азат Исмайлович