Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис төртинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде алты мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды. Биринши мәселе Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, нызамшылықты беккемлеў бойынша 2023-жыл үшинши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтановтыӊ мәлимлемеси тыӊланды. Екинши мәселе Нөкис районы әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жылдың үшинши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы Әдиллик бөлими баслығы Х.Нурымбетовтыӊ есабаты тыӊланды. Үшинши мәселе Район ҳәкими биринши орынбасарының аймақта кәмбағаллықтықысқартыў бойынша мәнзилли бағдарламасының орынланыўы ҳаққындағы, сондай-ақ, сыртқы қарыз есабынан аймақта әмелге асырылып атырған бағдарламалардың орынланыўы ҳаққында Нөкис районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы Б.Алимбетовтыӊ баянаты тыӊланды. Төртинши мәселе Нөкис районы ишки ислер бөлими тәрепинен 2023-жылдың 9 айы даўамында район аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы ишки ислер бөлими баслығы С.Қаллибековтыӊ есабаты тыӊланды. Бесинши мәселе Нөкис районы медицина бирлеспеси тәрепинен халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў бойынша 2023-жыл үшинши шереги даўамында әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында Нөкис районы медицина бирлеспеси баслығы ў.ў.а С.Жақсымовтыӊ есабаты тыӊланды. Алтыншы мәселе Нөкис районында жайласқан фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының жер майданларын мониторинг тәртипте үйрениў нәтийжелери ҳаққында Нөкис районы аўыл хожалығы бөлими баслығы Ж.Жумановтыӊ баянаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис төртинши сессиясы болып өтти




