Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында район ҳәкими З.Зайтов тәрепинен басшылығында баспасөз конференциясы болып өтти. Онда райондағы 13 мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшиси тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша журналист ҳәм блогерлерге кеӊ түрде мағлыўмат берди.
Конференция соӊында журналистлердиӊ қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.