Нөкис районы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшы жаслар менен руўхый ҳәм идеологиялық иммунитетти асырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият илажи өткерилди.
Илажда жаслар арасында социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, глоболласыў шараятында жасларымызды ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерден, диний экстремизм тәсиринен асыраў, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған профилактикалық түсиник жумыслары алып барылды.
Илажга Ишки ислер бөлими баслығы орынбасары Ж.Реймов, инспектор психолог Н.Турдымуратова, Дин ислери бойынша комитетиниң Нөкис районлық бас қәнигеси Д.Таўекелов, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, “Бақаншақлы” АПЖ жаслар жетекшиси Н.Суйеўбаевлар қатнасты.
жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият илажи өткерилди
