Устазлық уллы мәртебе. Көзиниң нурын, қәлбиниң қорын жас әўладтың билим алыўы жолында сарыплап, олардың келешегине беккем тийкар жаратып атырған кәсип пидайыларының мийнети мақтаўға ылайықлы.
Ҳәр жылы 1-октябрь муғәллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен белгиленетуғын байрам илажлары болса, оларға көрсетилип атырған ҳүрмет ҳәм итибардың әмелдеги көриниси болып табылады.
Бүгин Нөкис районының пайызлы орынларының биринде жайылған байрам дәстурханы болса уллы устаз ҳәм муғәллимлердиң байрамына бағышланды.
Байрам салтанатында район ҳәкими З.Зайтов тәрепинен соңғы жылларда билимлендириў тараўында әмелге асырылған реформалар, ерисилген жетискенликлер ҳәм табыслар кеңнен атап өтилди.
Буннан соң, бир қатар алдыңғы тәжирийбели жоқары нәтийжелерге ерискен муғәллимлерге район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышанлары менен баҳалы саўғалары тапсырылды.




