(Qaraqalpaqsha) Sud tarawındag‘ı jańa reformalar

Елимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформаларының тийкарында, бәринен бурын, инсан қәдирин улығлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин кепилликли тәмийинлеў сыяқлы ийгиликли мақсетлер жәмленген. 2024-жыл 10-июнь күни қол қойылған «Тезкор-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бир қатарда, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге хызмет қылады. 2025-жыл 1-январьдан баслап жынаят ислери бойынша районлық (қалалық) судларда жумыс баслайтуғын тергеў судялары жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселелери — қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги қәўипсизлик илажын қолланыў, қамақта сақлаў ямаса үй қамағының мүддетин узайтыў, паспорттың ( Сондай-ақ, тергеў судяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги де жүкленбекте. Бул арқалы жынаят ислери бойынша биринши инстанция суды судялары арасында жумыс көлеми тең салмақлылығы тәмийинленеди. Қалаберсе, бул жынаят ислерин көриў процесинде ис бойынша дәлиллениўи керек болған барлық жағдайларды пуқта ҳәм қалыс тексериў, айыпланыўшылардың барлық дәлиллерин тексериў ҳәм тәреплер тәрепинен келтирилген өтинишлерди толық көрип шығыўға беккем ҳуқықый тийкар жаратады. Ең тийкарғысы, Пәрманда тергеў судясы өз жумысын еркин әмелге асырып, тек ғана нызамға бойсыныўы ҳәм тергеў судясына әдил судлаўды әмелге асырыўға байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпаларды жүклеўге жол қойылмаўы белгиленди. Қысқасы, суд-ҳуқық системасындағы бул әҳмиетли өзгерислер пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, жынаят ислери бойынша судлардың жумыс жүклемесин азайтыў және судялардың жынаят ислерин көрип шығыў процесслеринде нызамлы, тийкарланған ҳәм әдил қарар қабыл етиўи ушын кең имканиятлар жаратады.

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық суды судясы С.Караматдинова

Skip to content