«Туран мектеп театры» таңлаўының районлық басқышы жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкис районлық 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында, «Туран мектеп театры» таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Оған район аймағындағы 30 улыўма орта билим бериў мектеплеринен 240 оқыўшы қатнасты.

Таңлаўдың өткерилиў тәртибине тийкар үш шәртте беллесип, таңлаў жумағында:

1-орынды 7-санлы мектеп;
2-орынды 22-31-санлы мектеплер;

3-орынды 6-29-14-санлы мектеплердиң оқыўшылары ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды. 1-орынды ийелеген 7-санлы мектеп оқыўшылары Республикалық басқышқа жоллама алды.

Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет, оқыўшы жасларда сөйлеў ҳәм сахна мәдениятын қәлиплестириў, театр студиялары искерлигин қоллап-қуўатлаў, олардың дөретиўшилиги ҳәм де интеллектуал қәбилетин раўажландырыў, қәбилетли оқыўшыларды анықлаў болып табылады.

Skip to content