Арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте азанғы тарқатыў илажы болып өтти.

Бүгин, Нөкис районында ҳаўа райының кескин суўытыўына байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте азанғы тарқатыў илажы болып өтти. Илажға Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясы хизметкери полковник У.Ҳамдамов ҳәм тийисли мәкеме, кәрхана басшылар қатнасты. Онда турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық обектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм де пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўының алдын алыў мәселелери бойынша көрсетпелер берип өтилди. Буннан соң исши топар ағзалары аймақларға шыққан ҳалда пуқаралар арасында гүз-қыс мәўсиминде жуз бериўи мумкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барылды.

Skip to content