Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси болып өтти.
Бул мәжилиске район хакими З.Зайтов, район прокуроры П.Халмуратов ҳәм мәкеме, кәрхана баслықлары қатнасты. Мәжилисте нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў барысында 2024-жыл даўамында әмелге асырылған прокурор бақлаўы жумысларының жуўмақларын додалаў ҳәмде алдағы ўазыйпаларды белгилеў, районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңесиниң 2025-жыл белгиленген ис режесин тастыйықлаў бойынша баянаты тыңланды. 2024-жыл даўамында жол қойылған қәте-кемшиликлери қатаң түрде сынға алынды ҳәмде сапластырыў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине көрсетпелер берилди.