- “Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды әмелге асырыў орайы” жойбарлаў офиси;
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы;
- Министрлер Кеңеси структурасында Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими.
- “Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды әмелге асырыў орайы” жойбарлаў офиси Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир районы (қала)ның өсиў ноқатларын анықлайды ҳәм анализлейди. Соның менен бирге:
➡ жер участкалары ҳәм оларда жайластырылатуғын аўыл хожалығы егинлери түрлерин анықлаў, сондай-ақ, усы жер участкаларынан алынатуғын дәраматларды көбейтиў бойынша зәрүр ис-илажларды ислеп шығады; ➡ өнимлерди терең қайта ислеў тараўындағы инвестиция жойбарларының мәнзилли дизимлерин келиседи ҳәмде стратегиялық инвесторларды тартады; ➡ аймақтың имканиятларынан келип шығып, санаат жойбарларының жайластырылыўын муўапықластырады ҳәм келиседи; ➡ туризмниң жаңа ҳәм потенциаллы жөнелислеринде бар болған имканиятларды иске салады,
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы Нөкис қаласы ҳәм районларда санаат объектлери ушын имарат қурыў, оларды ижараға бериў, сатыў ҳәм басқада әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырады.
- Министрлер Кеңеси структурасында шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими грант жойбарларын тартыў мақсетиндеги тәреплерге жақыннан жәрдем береди.
Буннан тысқары, усы пәрман менен бир қатар жеңилликлер берилди. Атап айтқанда, Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында 2025-2027-жылларда Нөкис қаласында кеминде 500 мың АҚШ доллары, Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат ҳәм Нөкис районлары ушын 300 мың АҚШ доллары, сондай-ақ қалған Елликқала, Беруний, Төрткүл, Тақыятас, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ районлары ушын 100 мың АҚШ доллары эквивалентинде болған ири инвестициялық жойбарлар ушын (соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймақларында) жер участкаларын узақ мүддетли ижара ҳуқуқы менен бериў тәртиби енгизиледи. ✅ 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаатты раўажландырыў ушын тармақларға ажыратылған қаржылар есабынан 100 млн АҚШ доллар ажыратылды. Бунда: – Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, барлық қолайлықлар ҳәм инфраструктураға ийе болған имаратлар қурылады ҳәм инвесторларға усынылады; – Киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын исбилерменлерге 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи, яғный, кредитлер жыллық 14 процент ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ажыратылады. ✅ 2025-2026-жыллар даўамында аўыл хожалығына арналған жерлерди ижараға бериў тәртиби жеңиллетиледи, яғный: ➡ Мүддетин кейин ала созыў имканияты менен ижара мүддети 30 жылдан 49 жылға узайтылды. ➡ 35 мың гектар бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады. – электрон онлайн аукцион саўдаларында жер участкасының басланғыш баҳасы жер участкасының нормативлик баҳасының 20 проценти муғдарында, қайта пайдаланыўға киргизилетуғын жер участкаларының басланғыш баҳасы нормативлик баҳасының 10 проценти муғдарында белгиленеди; – жер участкасының баҳасын 10 жыл даўамында бөлип төлеўге рухсат бериледи. ➡ Электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ажыратылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген барлық түрдеги жер участкаларын ижараға алыўшылар аўыл хожалығы егинлериниң түрлери ҳәм көлемлерин, сондай-ақ, оларды жетистириў ҳәм агротехникалық илажларды өткериў усылларын бийғәрез жеке өзи белгилейди. ➡ Ижараға берилетуғын жер участкаларының шетлеринде, 20 сотихқа шекем өлшемде мүлк ҳуқықысыз жеңил конструкциялы музлатқышлы қоймаханалар, сортлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў объектлери, суўды үнемлейтуғын технологиялар, суў сақлаў ҳәўизлери, дала шийпонлары ҳәм техника парклерин қурыўға рухсат етилди. ✅ Халықаралық финанс институтларын тартқан ҳалда жоқары қунлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында пайдаланылмай бос турған шарўашылық комплекслеринде ири ҳәм майда шақлы қарамалларды бағыўды жолға қойыў ушын азықлық егинлерин жетистириўге резерв жерлерден аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады. ✅ 2025-жылда қурғақшылыққа шыдамлы егинлерди жайластырыў көлеми арттырылады, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар заманагөй агротехнологияларға әмелий оқытылады, соның ишинде, усы технологияларды қолланған ҳалда 10 районда 2-3 егинге қәнигелескен үлгили егислик майданлардың жаратылыўы шөлкемлестириледи. ✅ 2025-жылдың ақырына шекем аймақта қосымша гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў мақсетинде ири қарамал, қой ҳәм ешкилерди көбейтиў ушын эмбрионларды көширип өткериў технологиялары менен тәмийинленген 4 биотехнологиялық орай шөлкемлестирилмекте. ✅ Усы жылы Хожели районында шарўашылық техникаларына комплекс хызмет көрсетиўши техника-сервис орайлары жеке исбилерменлик субъектлери тәрепинен шөлкемлестириледи. Бунда: – “Ўзагролизинг” АЖ тәрепинен 44 дана шарўашылық техникасы 10 жыл мүддетке жыллық 14 пайыз ставкада басланғыш төлеми 15 пайыз етип, техника-сервис орайларына лизинг тийкарында бериледи. Басланғыш төлем болса, субсидия есабынан қапланады; ✅ 2026-2027-жылларда суўғарыў тармақларын реконструкциялаў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржылары ажыратылады: ➡ Нөкис районындағы Бозатаў каналының 46 километри; ➡Қараөзек районындағы Есимөзек каналының 69 километр бөлеги реконструкцияланады. ✅ 2025-жыл жуўмағына шекем Қарақалпақстан Республикасына 5 земснаряд алып келинеди. Сондай-ақ: ✅ “Таллық” каналының Қоңырат ҳәм Мойнақ районларындағы 106 километрге шекемги бөлеги 2026-2030-жылларда реконструкция қылынады. ✅ Қарақалпақстан Республикасында “А” вируслы гепатит кеселлигиниң алдын алыў ушын кеселликке қарсы вакцинациялаў Миллий профилактикалық шаншыў календарына киргизиледи ҳәм Өзбекстан Республикасы республика бюджетинен зәрүр қаржылар ажыратылады. ✅ Пайдаланылмай атырған мәмлекетлик социаллық тараўдың мүлк объектлери инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў миннетлемеси менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады. ✅ Коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин базар баҳасында қайта баҳаланып, 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеў шәрти менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыўға рухсат бериледи.