«Шахмат» түри бойынша «4-сектор баслығы» кубогы жарысы өткерилди

Бүгин Нөкис районы салық инспекциясы 4-сектор баслығы тәрепинен 4-секторға тийисли мәҳәллелердеги нураныйлар арасында спорттың «Шахмат» түри бойынша «4-сектор баслығы» кубогы жарысы өткерилди. Жарысты Нөкис районы Нураный қоры баслығы Ж.Қайпов ашып берди. Жарыс жуўмағында 1-орынды Султамурат Ақылбеков, 2-орынды Жамил Бабаназаров ҳәм 3-орынды Караматдин Аметовлар ийеледи ҳәм жеңимпазларға 4-сектор баслығы тәрепинен шөлкемлестирилген диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Skip to content