Нөкис районы 1-санлы айырым пәнлерди тереңлестирип оқытатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектебинде жоқарғы класс оқыўшылары менен “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” сүрени астында үгит-нәсият илажы өткерилди. Илажда жаслар арасында социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, глоболласыў шараятында жасларымызды ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерден, диний экстремизм тәсиринен асыраў, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған профилактикалық үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, интернет тармақларынан дурыс пайдаланыў, жасларды Ўатанға садықлық, миллий үрп-әдет ҳәм қәдриятларға ҳүрмет, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик руҳында тәрбиялаў, бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған өзгерислер, жаслар ушын жаратылып атырған шәраят ҳәм имканиялар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Илажға Дин ислери бойынша комитетиниң Нөкис районы бойынша бас қәнигеси Д.Таўекелов, Ишки ислер бөлими инспектор психологлары У.Қудайбергенов ҳәм Е.Диналиевлар, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, районлық ҳаял-қызлар үгит-нәсиятшы исши топары баслығы Ҳ.Бердиевалар қатнасты. Ушырасыў даўамында “Тынышлық қәдири” атамасындағы видеоролик қойып берилди.
“Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық”




