Нөкис районында шигит егиси басланды

Нөкис  районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы көргизбели семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими З.Зайтов, аўыл хожалығы бойынша илимпазлар ҳәм фермер хожалықлары басшылары қатнасты.

Семинар даўамында шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылған кең имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Сондай-ақ, шигит егиўдиң сапалы усыллары ҳәм фермер хожалықлары итибар қаратыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар сөз етилди.

Нөкис районында усы жылы жәми 2 500 гектар майданға шигит егиў режелестирилген болып, бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў ушын 10 отрядқа 552 техника бириктирилди.

Илаж даўамында семинар шөлкемлестириўшилери ҳәм аймақ жасы үлкенлери тәрепинен жақсы нийетлер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.

Skip to content