Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшы ҳәм директор орынбасарлары арасында 2025-жыл 2-апрель куни «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы-2025» кәсиплик таңлаўы өткерилди. Таңлаў 6 номинация бойынша 22 тәрбияшы арасында болып өтти.
Таңлаў нәтийжелерине көре «Ең жақсы директор орынбасары» номинациясы бойынша жеңимпаз 9-санлы МШБШ директор орынбасары Хаджиева Улзада, «Ең жақсы пидайы тәрбияшы» номинациясы бойынша 6-санлы МШБШ тәрбияшысы Канназарова Намехан, «Ең жақсы дөретиўши-ойлап табыўшы тәрбияшы» номинациясы бойынша 11-санлы МШБШ тәрбияшысы Есенова Нилуфар, «Инновация ҳәм хабар технологияларын қолланатуғын ең жақсы тәрбияшы» номинациясы менен 14-санлы МШБШ тәрбияшысы Сарсекенова Ақжарқын, «Ең жақсы еко үгит-нәсиятлаўшы тәрбияшы» номинациясы менен 13-санлы МШБШ тәрбияшысы Жуманиязова Гулчехралар 1-орын жеңимпазы болды ҳәм Республикалық басқышқа жоллама алды.