мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың басшылығында жасларды жумыс пенен тәмийинлеўге бағышланған мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илажға Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги басқармасы баслығы П.Махсетбаевлар қатнасты.

Мийнет ярмаркада Нөкис районында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаслар арасында қояншылық тараўын раўажландырыў мақсетинде аймақтағы жумыссыз болған 33 жасқа 264 нәсилли қоянлар субсидия тийкарында тапсырылды.

Ҳәр бир жасқа 8 бас қояннан берилип ғана қоймастан, бул қоянлар ушын арнаўлы кетеклер ҳәм 1 айлық азықлық өнимлери де берилди.

Бул қоянларды бағыў ҳәм олардың күтими бойынша тәжирийбели қәнигелер тәрепинен арнаўлы семинар да шөлкемлестирилди. Семинар даўамында жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Skip to content